Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Эркабай Таджиев Нөкис қаласындағы дийқан базарында шөлкемлестирилген арзанластырылған ярмаркада халыққа жеткерилип берилип атырған өнимлердиң баҳасы ҳәм олардың сапасы, сондай-ақ саўда шақапшаларында сатыўшыларға ҳәм  қарыйдарларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Ярмаркада ўәлаятлардан арзанластырылған 26 тонна пияз өними алып келиниўи ҳәм арзан баҳаларда сатылыўы тәмийинленбекте. Аймақлардағы усындай ярмаркаларға да ўәлаятлардан қосымша түрде пияз өними алып келиниўи баслап жиберилип, ҳәзирге шекем 175 тонна пияз сатыўға шығарылды.

Ҳәзирги суўық ҳаўа-райы шараятында аўыл хожалығы өнимлерин сапалы сақлаў ҳәм халыққа арзан баҳаларда сатылыўын тәмийинлеў бойынша қала ҳәм район ҳәкимликлери, Департаменттиң бөлимлери ҳәм республика прокуратурасынан жуўапкер хызметкерлер бириктирилип, оларға тийисли көрсетпелер берилди.

Буннан тысқары, Өзбекстан товар-шийки зат биржасы Қарақалпақстан филиалында биржа саўдаларында АИ-80 маркалы бензинниң саўдаға шығарылыўы, белгиленген баҳаларда сатылыўы менен танысып, жумысларды дурыс ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў бойынша прокуратура хызметкерлери менен жақыннан бирге ислесиў жолға қойылды.  Бүгинги күни АИ-80 маркалы 250 тонна бензин саўдаға шығарылып, республикамыздан жәми 51 исбилерменлик субъекти тәрепинен сатып алынды ҳәм ҳәзир 136 исбилерменлик субъекти биржа саўдасында қатнаспақта.


Қарақалпақстан хабар агентлиги