Жақында Ташкент қаласындағы Республикалық илимий қәнигелестирилген аллергология орайы директорының орынбасары Ғайрат Қузиев Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиникасында болып, жергиликли аллерголог шыпакерлерге семинар-тренинг өтти.
Республикалық илимий қәнигелестирилген Аллергология орайы тәрепинен «Атопикалық синдромды ерте анықлаў, диагностика усылларын раўажландырыў ҳәм «Аллергия ҳәм астма мектеби»н аймақларда шөлкемлестириў» бағдарламасы шеңберинде Нөкис қаласында усындай илажлардың өткерилиўи белгилеп қойылған.
Аймақларда «Аллергия ҳәм астма мектеби»н шөлкемлестириў, шаңарақ поликлиникалары шыпакерлериниң аллергиялық кеселликлер бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, аллергиялық кеселликлердиң профилактикасын басланғыш буўында шөлкемлестириў ҳәм оларды оқытыў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда аллерголог шыпакерлер, шаңарақ поликлиникаларының шыпакерлери қатнасты.
Семинарда шыпакерлерге «Аллергия ҳәм астма мектеби»н шөлкемлестириўдиң тийкарғы мақсетлери ҳәм ўазыйпалары, аллергология ҳәм иммунология орайында ислеп шығылған сораўнамалар арқалы халық арасында тарқалған атопикалық аллергиялық кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў илажлары ҳаққында түсиник берип өтилди.
-Семинар даўамында қәнигелигимиз бойынша енгизилип атырған өзгерислер, жаңа заманагөй технологиялар ҳаққында мағлыўмат алдық, -дейди Нөкис қаласындағы 7-санлы шаңарақ поликлиникасының аллерголог шыпакери Гүлнар Аблаева. – Келешекте орайдың басқа қәнигелери тәрепинен де усындай семинарлардың өткерилетуғыны атап өтилди.
Илаж соңында қәниге бир қанша наўқасларды көзден өткерип, тийисли мәсләҳәтлерин берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги