Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының жеке қәўипсизлик бөлими тәрепинен жеке қурамның ҳуқықый билими ҳәм мәдениятын арттырыў, оларды коррупцияның аянышлы ақыбетлери менен таныстырыў мақсетинде оқыў-сабағы өткерилди. Онда ҳәкимият, басқарма ҳәм жәмийетлик бирлеспе уйымлары жумысларының тәртип-қағыйдаларына қарсы жынаятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Оқыў-сабағы даўамында бажыханашыларға ўәкиллиги ямаса лаўазымынан пайдаланыў, оның шеңберинен шығыў, лаўазымына немқурайдылық пенен қараў, ҳәкимият ҳәрекетсизлиги ҳәм лаўазым қәлбекилиги ҳаққында толық түсиниклер берилип, усы жынаятлар жүз бергенде қолланылатуғын жаза шаралары айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, жынаят кодексиниң пара алыў ҳәм бериўге байланыслы статьяларында жаза ретинде 10 жылдан 15 жылға шекемги мүддетке еркинен  айырылатуғыны ҳәм усы статьялар менен судланғанлар кеширилмейтуғынлығы айтылып, ҳәр бир хызметкер қыңыр ислерге қол урмай «бажыханашы» деген мақтанышлы атына ылайық болыўға шықырылды.


Мағлыўмат ушын, 2022-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлериниң қатнасыўында 99 мәрте улыўма профилактикалық илажлар өткерилип, тараў хызметкерлериниң жумыслары 93  мәрте қупия тексерилген. Усы тексериўлердиң нәтийжесинде хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында кемшиликлерге жол қойған 14 хызметкер интизамый жаза алған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги