Нөкисте Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер миллий  ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң басламасы менен  “Электрон есабат тапсырыўда МКШлардың потенциалы ҳәм хабардарлығын арттырыў” темасында семинар-тренинг болып өтти.

“Сиз есабатларды тапсырдыңыз ба?” хэштеги астында өткерилген илажда елимизде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға, олардың алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтилди.

Бүгинги күни мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жыллық есабатларын әпиўайыластырыў, оларға буннан былай да қолайлық жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бундай жыллық есабатларды e-ngo.uz порталы арқалы электрон тәризде тапсырыў айрықша әҳмийетке ийе. Усы мақсетте шөлкемлестирилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Статистика ҳәм Салық басқармаларының қәнигелери тәрепинен 2022-жылда исленген жумыслар бойынша есабатларды электрон тәризде тапсырыўдың тәртиби туўралы кең түрде түсиник берилди.

– Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде  әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ролин буннан былай да арттырыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын беккемлеў, оларға қолайлы шараят жаратыўға айрықша әҳмийет берилмекте,–дейди Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер миллий  ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы  Гүлсара Жоллыбекова. – Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири, жыллық есабатларды электрон тәризде тапсырыў бойынша тараў қәнигелерине кеңнен түсиник бериўден ибарат.

Семинар-тренинг қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы