Нөкисте ACTED шөлкеми тәрепинен “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети менен биргеликте “Мийнет нызамшылығындағы реформалар бойынша хабардарлықты арттырыў” темасында мәсләҳәт ушырасыўы болып өтти.
Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралық жәмийети ўәкиллериниң жаңа редакциядағы Мийнет кодекси бойынша хабардарлығын арттырыўдан ибарат.
Атап өтилгениндей, жаңа Мийнет кодекси хызметкерлер, жумыс бериўшилер ҳәм мәмлекет мәплериниң теңлигин тәмийинлеў, оларды муўапықластырыў тийкарында жеке тәртиптеги мийнетке байланыслы ҳәм олардың арасында тиккелей байланыслы болған социаллық қатнасықларды тәртипке салады. Оны ислеп шығыўда сырт еллердиң ҳәм халықаралық шөлкемлердиң, атап айтқанда, Германия, Швеция, Норвегия, Уллы Британия, Латвия, Эстония, Япония, Қубла Корея және ҒМДА мәмлекетлериниң тәжирийбеси терең үйренилди.
Кодекс мийнет ҳуқықының айырым институтларына бағышланған, сондай-ақ бәнтлик, жеке мийнет қатнасықлары, хызметкерлерди кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў, айырым категориядағы хызметкерлердиң мийнетин тәртипке салыўдың өзгешеликлери, хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын қорғаў, мийнет тартысларын көрип шығыў сыяқлы жаңа нормаларды өз ишине алады.
Мәмлекетимизде хызметкерлердиң кепилленген мийнет ҳуқықларына бойсыныў ҳәм мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў мәселеси жоқары дәрежеде көрип шығылмақта. Дерлик қысқа ўақыттың ишинде түпкиликли өзгерислер жүз берип, бул болса, адамлардың турмыс тәризине унамлы тәсир етпекте.
Өзбекстан Халықаралық мийнет шөлкеминиң барлық тийкарғы Конвенцияларын ратификациялаған болып, ең соңғыларынан бири “Бирлеспелердиң еркинлиги ҳәм бирлесиў ҳуқықын қорғаў ҳаққында”ғы болып табылады. Мәмлекетимизде хызметкерлердиң ҳуқықларын қорғаўда кәсиплик аўқамларының роли жоқары баҳаланады.
Мәсләҳәт ушырасыўының қатнасыўшылары мийнет нызамшылығындағы жаңалықлар менен жақыннан танысып, оны орынларда әмелге асырыў ҳәм оған бойсыныўды жетилистириў бойынша өзлериниң пикир-усуныслары менен ортақласты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы