“Нураный” фондыныӊ Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Әмиўдәрья районы Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлиминиӊ ўәкиллери райондағы жалғыз, социаллық жәрдемге мүтәж ҳәм төсекте жатып қалған нураныйлардыӊ ҳал-жағдайынан хабар алып, оларға ақшалай жәрдем көрсетти.

–Мәмлекетимизде кексе әўлад ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардыӊ жәмийет, мәҳәлле ҳәм шаӊарақлардағы тынышлықты, олардыӊ беккемлигин тәмийинлеўдеги, жас әўладты Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәбиялаўдағы ролин арттырыўға қаратылған кеӊ көлемли илажлар әмелге асырылмақта, – дейди Әмиўдәрья районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығыныӊ мәсләҳәтшиси Баҳадыр Балтабаев. –Сондай-ақ, ҳүкиметимиз тәрепинен жалғыз баслы, социаллық жәрдемге мүтәж нураныйларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде медициналық тексериўден өткерилип, материаллық ҳәм руўхый жақтан жәрдем көрсетилип келинбекте.

Усы күни райондағы жалғыз, жәрдемге мүтәж ҳәм төсекте жатып қалған  15 нураныйлардыӊ ҳәр бирине 300 мыӊ сумнан ақшалай жәрдем берилди.


Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы