Өзбекстан Республикасы Президентиниң 12-январьдағы пәрманына муўапық, мәмлекетимиз Қураллы Күшлери дүзилгениниң 31 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының бир топар хызметкерлери әскерий атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.
13-январь күни Президент Администрациясында усы жоқары сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.
Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев барлық әскерий хызметкерлерди ҳәм тараў ветеранларын усы мақтанышлы сәне менен қутлықлады.
– Мәмлекеттиң әскерий потенциалы заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен бирге батыр әскер ҳәм офицерлер менен, олардың физикалық ҳәм руўхый таярлығы менен белгиленеди. Усы мәниде, миллий армиямыздың ҳақыйқый қүдирети бул, бәринен бурын, сизлер – өз өмирин Ўатан қорғаўдай муқаддес иске бағышлаған жанкүйер ҳәм пидайы инсанлар,-деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимизде ықшам ҳәм жедел, үлкен әскерий потенциалға ийе заманагөй армия қурылды. Өзбекстан Қураллы Күшлериниң жаңа, мүнәсип әўлады қәлиплести. Президентимиздиң идеясы тийкарында халық пенен армия бир тән бир жан болды. Әскерлик абырай-мәртебели кәсипке, жаслар әрман ететуғын тараўға айланды.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги қүдиретли армияны қурыўда мың-мыңлаған пидайы инсанлардың үлкен хызметлери бар екенлигин атап өтти.
– Барлық реформаларымыз тийкарында «инсанды қәдирлеў» деген уллы мақсет жәмленген,-деди Президент. – Бул, бәринен бурын, ҳәр бир пуқараның шаңарағын, мәҳәллеси тынышлығын, ўатан тынышлығын тәмийинлеў деген сөз. Инсанды қәдирлеў ушын биринши гезекте аспанымыз ашық, шегараларымызға қол қатылмаўы ҳәм беккем болыўы керек. Бүгин сизлер, мине, усындай ўазыйпаны мақтаныш пенен орынламақтасыз.
Мәресимде мәмлекетимиз басшысы әскерий атақ ҳаққындағы гүўалықларды, орден ҳәм медалларды салтанатлы
түрде тапсырды. Ўатан қорғаўшыларына беккем денсаўлық, күш-ғайрат, жуўапкершиликли хызметинде табыслар тиледи.
Быйылғы салтанатлы илаж және бир тәрепи менен есте қаларлы болды. Ҳәммемизге белгили, Әмир Темур бабамыз ҳеш бир саўашта жеңилмеген, Саҳыпқыранның байрағы бәрқулла бәлентлерде желбиреп турған. Ол ҳәзирги күнги әўладлар ушын исеним, әскерий шеберлик, мақтаныш тымсалы болып табылады.
Сонлықтан Президентимиздиң басламасы менен армия системасында «Әмир Темурдың жаўынгерлик байрағы» сыйлығы шөлкемлестирилди. Бул бағдарда өткерилген таңлаўда Орайлық әскерий округ жеңимпаз болды.
Мәресимде усы округ сәркардалығына биринши мәрте «Әмир Темурдың жаўынгерлик байрағы» салтанатлы түрде тапсырылды.
– Бул округ өткен қысқа дәўирде әскерий хызметкерлерди физикалық ҳәм руўхый таярлаў, жасларды ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаў, әскерий бөлимлерде оқыў-материаллық базаны беккемлеў бойынша әҳмийетли нәтийжелерге еристи. Бул унамлы тәжирийбени терең үйренип, оны барлық әскерий округлеримизге Әмир Темур бабамыздың жеңисли байрағына ийе болыў бахытын тилеймен,-деди Жоқары Бас Сәркарда.
Сыйлықланғанлардың атынан шығып сөйлегенлер жоқары исеним ҳәм итибар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.
ӨзА