АҚШ Федерал саўда компаниясы алкогольсиз ишимликлер ислеп шығарып атырған PepsiCo ҳәм Coca-Cola компанияларына байланыслы монополияға қарсы тергеў баслады.
Politico газетасының берген хабарына тийкарланатуғын болсақ, мәмлекеттиги дүканларға өним жеткерип бериў ўақтында баҳалар жасалма түрде арттырылғаны гүман етилмекте.
Декабрь айында рәсмийлер алкогольсиз ишимликлерди қалай сатып алыў ҳәм баҳаларды белгилеў ҳаққында мағлыўмат алыў ушын ири усақлап сатыў тармақлары, соның ишинде, Walmart’қа мүрәжат еткен.
PepsiCo ҳәм Coca-Cola баҳаларының стратегиясы 1936-жылдағы Робинсон-Патман нызамына муўапық сынаўдан өткерилмекте, бул ислеп шығарыўшылардан өз өнимлерин усақлап сатыўшыларға бирдей шәртлерде жеткерип бериўди талап етеди,-делинеди хабарда.
Комиссия басшысы Алваро Бедойя нызамға әмелге етилиўи үстинен қадағалаўды АҚШ Президенти Жо Байден ҳәкимшилиги монополияға қарсы сиясатының баслы бағдарларынан бирине айландырғаны айтылмақта.
Мәселениң екинши тәрепи қандай? Федерал саўда комиссиясы 1988-жылдан берли бул қағыйданы көрип шықпаған екен. Қалаберди, ФСК, PepsiCo, Coca-Cola ҳәм Walmart’ ўәкиллери Politico газетасының хабаршысына мәселе бойынша түсиник бериўден бас тартты.
ӨзА