Оқыўшылардыӊ қысқы дем алыс күнлерин мазмунлы өткериў мақсетинде,  Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен 1-10-январь күнлери Жаслар ислери агентлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте «Жаслар туризми» ҳәптелиги өткерилмекте.

Ҳәптелик Өзбекстан Республикасы  Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 30-декабрьдеги Жаслар туризми ҳәптелиги шеӊберинде «Жаӊа жылда – Жаӊа Өзбекстан бойлап саяхат» илажын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы 298-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилип атыр.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм басқа да бир қатар министрлик ҳәм мәкемелер менен биргеликте ҳәптелик шеӊберинде жаслар ушын Игорь Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер музейи, Қарақалпақстан Республикасы Тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи, Жас тамашагөйлер театры, тарийхый орынлар ҳәм бир қатар мәдений мийрас объектлерине саяхатлар шөлкемлестирилип келинбекте.



Саяхатқа Нөкис қаласы ҳәм Шымбай районыныӊ мектеп оқыўшылары ҳәм белсенди жаслары қатнаспақты. Илаж даўамында музей бойлап экскурсиялар, өнерментлердиӊ көргизбелери ҳәм шеберлик сабақлары шөлкемлестирилмекте.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы