Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисине бағышланған семинар болып өтти.

Оған Олий Мажлис депутатлары, филиал администрация хызметкерлери менен профессор-оқытыўшылар, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының  хызметкерлери қатнасты.

Илажды филиал директоры А.Аяпов алып барды ҳәм Призидент мүрәжатында елимиз раўажланыўының баслы бағдарлары, соның ишинде, билимлендириў тараўын раўажландырыўға қаратылған ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтти.

Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасыныӊ депутаты Мухтар Ибрагимов шығып сөйлеп, Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында жәмийетимиз турмысының ҳеш бир тараўы итибардан шетте қалмағаны, онда көтерилген мәселелер, белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар халқымыздың турмыс дәрежеси ҳәм сапасын арттырыўға қаратылғанлығы менен оғада әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, Президентимиз бул мүрәжатта мәмлекетимиз раўажланыўының ең әҳмийетли тийкарғы ўазыйпалары ҳаққында, сондай-ақ, барлық тараўларды раўажландырыўдың ажыралмас буўыны болған билимлендириўди сапа жағынан жетилистириў  мәселесине айрықша итибар қаратты. Қоспа мәжилисте улыўма орта билим бериў мектеплеринде, жоқары оқыў орынларында билимлендириўдиң сапасына ерисиў, жәмийетте оқытыўшылардың абырайын арттырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў тийкарғы ўазыйпалардан екенлиги атап өтилди. Президентмиз өз мүрәжатында Жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылған жумысларға да тоқтап өтип, кейинги жылларда жоқары оқыў орынлары 2,5 есе көбейип, 198 ге жеткени, қамтып алыў дәрежеси 9 проценттен 38 процентке көбейгенин атап өтти. Сондай-ақ, жаслардың оқып билим алыўында қолайлылыклар туўдырыўда келеси жылы жоқары оқыў орны студентлери ушын жеңилликли тәлим кредитлерине ресурслар 2 есеге көбейтилип, 1,7 триллион сўм ажыратылатуғынлығын мәлим етти.

Әлбетте, атап өтилген бул мәселелер билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыўға қаратылған итибардың айқын көриниси есапланады.

Сондай-ақ, семинарда жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң мазмун-мәниси бойынша да түсиниқ берилип, жаңа Мийнет кодексин ислеп шығыў процесинде 10 нан аслам халықаралық шөлкем, соннан, халықаралық мийнет шөлкеминиң бир қатар конвенциялары, 60 тан аслам мәмлекеттиң тәжирийбеси үйренилгени атап өтилди.

Өз-ара пикир алысыў тәризинде өткерилген илажда қатасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлар бойынша мүрәжат етип, тийисли жуўап алды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги