Бабаниязова Наргиза Полатовна – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында институт баспасөз хызмети хабар берди.

Наргиза Бабаниязова 1983-жылы Нөкис қаласында туўылған. 2005-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының инглис тили ҳәм әдебияты бакалавриат тәлим бағдарын, 2007-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура қәнигелигин питкерген.

2018-жылы педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алған. 2014-жылдан 2019-жылға шекем институтта инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының ассистенти, кафедра доценти, 2019-жылдан усы күнге шекем факультетлер аралық шет тиллери кафедрасының баслығы сыяқлы жуўапкер лаўазымларда жумыс иследи.

Оның авторлығында 12 сабақлық ҳәм оқыў қолланба басып шығарылған болып, 80 нен аслам илимий мақалалары республикалық ҳәм халықаралық көлемдеги абыройлы журналларда жарық көрген.

Н.Бабаниязова 2016-2021-жыллар аралығында Erasmus + бағдарламасы, АҚШ ҳәм Өзбекстан жоқары оқыў орынлары менен биргеликте инновациялық исленбелерди қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң бирнеше грант жойбарларында тренер сыпатында жумыс алып барған.

Айрықша атап өтиў орынлы, Н.Бабаниязова институт тарийхында ҳаял-қызлар арасынан биринши мәрте тайынланған проректор болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.