Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2022-2023-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында магистратураға қабыллаў бир жылда еки мәрте – август ҳәм январь айларында шөлкемлестирилиўи белгилеп қойылған еди.
Бунда август айындағы қабыллаў – гезектеги оқыў жылы ушын тастыйықланған мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарындағы квоталар ушын өткерилсе, январь айындағы қабыллаў – жазда толмай қалған орынлар ҳәм Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған контракт тийкарындағы қосымша квоталар ушын болып өтетуғынлығы белгиленгенди.
2022-2023-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине қысқы қабыллаў министрликтиң рәсмий http://magistr.edu.uz веб-сайты арқалы 2022-жылдың 20-декабрь күнинен онлайн тәризде басланып, 2023-жылдың 10-январь сәнесине шекем (сол күни де) даўам етилетуғынлығы мәлим етилди.
Хабарыңыз бар, Президент қарарына муўапық, магистратураға қабыллаў абитуриенттиң бакалавриат диплом балының орташа көрсеткиши ҳәм шет тилин билиў дәрежеси бойынша тийисли миллий ямаса халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылып, қәнигелик пәнинен имтихан өткерилмейтуғынлығы енгизилген еди.
Дыққатқа ылайықлысы, тек ғана быйылғы қабыллаўда талабанларға қосымша жеңиллик берилип, алдынғысынан өзгеше тәризде, таңлаўларда шет тилин билиўдиң барлық дәрежедеги сертификатына ийе талабанлар да қатнасыўына рухсат берилди.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, быйылғы қысқы қабыллаўда да алдынғысындай ең дәслеп жоқары дәрежели тил сертификатына ийе болған талабанлардың оқыўға кириўине тийкар жаратылады. Толмай қалған орынларға ғана шет тилин билиў бойынша барлық дәрежедеги сертификатқа ийе болған талабанлар оқыўға усыныс етилиўи мүмкин. Бунда олар оқыў даўамында талап етилген сертификатларды алыўы шәрт болады. Керисинше жағдайда, жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясына рухсат берилмейди.
Министрлик бул өзгешелик Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен тек ғана быйылғы магистратураның қысқы қабыллаўы ушын енгизилип атырғанын еслетип өткен.
Қосымша етилиўинше, 2021-жылдағы қабыллаўда шет тилин билиў дәрежеси бойынша сертификатқа ийе 768 талабан ҳүжжет тапсырған болса, 2022-жылдың жазғы қабыллаўындағы таңлаўда шет тили сертификатына ийе болған 4 578 талабан қатнасқан. 20-декабрьде басланған магистратураның қысқы қабыллаўына бир күнниң өзинде 1800 ге шамалас талабан ҳүжжет тапсырған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.