2023-жылдың 1-январынан Түркияда жаңа салық түри күшке кирди – мийманханалар, мийманхана-үйлер ҳәм басқа да туристлик бағдарындағы жасаў орынларынан қосымша қаржы өндириледи.

Бул салықтың базалық ставкасы мийманханада жасаў ҳәм қосымша көрсетилген хызметлердиң 2 процентлик эквивалентинде белгиленбекте. Түркия Президенти ставканы азайтыўы ямаса артыўы да мүмкин.

Жаңа салықты мийманханалар ийелери еркин туристлер ҳәм айырым туроператорлардың қарыйдарларына қолланылады, яғный Түркия мийманханаларында жасаў қымбатласады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги