Қубла Африка Республикасы 1-январьдан баслап БРИКС топары (Бразилия, Россия, Ҳиндстан, Қытай, Қубла Африка) басшылығын Қытайдан қабыл етип алды.
«Қубла Африка БРИКСке ағзалықты жоқары қәдирлейди ҳәм оның 2023-жылдың ақырына шекем даўам ететуғын басшылығы даўамында дүньядағы абырайлы мәмлекетлер топарының нәтийжели жумысын қоллап-қуўатлаў нийетинде», деди ТАСС агентлигине Қубла Африка ўәкили.
Оның сөзлерине бола, Қубла Африка өз басшылығының тийкарғы бағдарларын БРИКСке ағза мәмлекетлердиң экономикалық, сиясий, социаллық ҳәм мәдений бирге ислесиўин беккемлеўде көреди.
Қубла Африка Сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий ўәкили Клейсон Моньела «усы жылдың август айында Африкада БРИКС мәмлекетлери басшыларының саммити өткерилиўи режеленбекте», деп мәлим етти.
2006-жылы Бразилия, Россия, Ҳиндстан ҳәм Қытай топарын дүзди. 2011-жылы Қубла Африка оған қосылды ҳәм ол БРИКСқа айланды.
ӨзА