Япония 2023-жылы «G7» басшылығын өз мойнына алады, бул ўақыт даўамында Бас министр Фумио Кисида «Россияға қарсы санкциялар қолланыў ҳәм Украинаны қуўатлаўда даўам етеди», деди. Бул ҳаққында «Киодо» агентлиги хабар берди.

2022-жыл август айында Ядро қуралын тарқатпаў ҳаққындағы шәртнаманы көрип шығыў конференциясында Кисида Хиросима ҳәрекет режеси, деп аталған ядролық қуралсызланыў бойынша жаңа концепцияны усынды. Япония ядросыз дүньяға биринши қәдем қоймақта, деп есаплайды.

Буннан тысқары, Япония АҚШ ҳәм Қытай арасында ядролық қуралды азайтыў бойынша пикирлесиўди даўам еттириў нийетинде, сондай-ақ, сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясының саммити шеңберинде бул темада мәжилис өткериўди режелестирмекте.

«Үлкен жетилик» жетекшилериниң саммити Хиросимада болып өтеди. АҚШ Президенти Жо Байден 1945-жылдан берли биринши Америка басшысы сыпатында атом бомбасынан үлкен зыян көрген Нагасаки қаласына барады.

2016-жылы Қурама Штатлар бурынғы жетекшиси Барак Обама Хиросимаға келген биринши президент болған еди.

ӨзА