Бүгинги күни республикамыздағы социаллық объектлер қатарында медицина мәкемелериниң қыс мәўсиминен қыйыншылықсыз өтиўи оғада әҳмийетли мәселелердиң бири болып табылады.  Бизлер 52 мыңнан аслам Нөкис районы халқына медициналық хызмет көрсететуғын районлық медицина бирлеспесинде болып, бирлеспе баслығы Пердегүл Ембергеновадан  2022-2023-жылллардың гүз-қыс мәўсимине қандай таярлықлар көрилгени бойынша айтып бериўин сорадық.

―Бирлеспемизге қараслы емлеў профилактика мәкемелеринде 30 ысытыў қазаны бар болса, соның 28 и жаңа заманагөй қазанларға алмастырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Бурын Кердер ҳәм Тақыркөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы шаңарақлық  шыпакерлик пунктлери көмир менен ысытылған болса, быйылғы жылдан баслап «Өрнек» шыпакерлик пункти тәбийғый газге жалғап берилди. Ал, Кердер пунктине болса, электр энергиясы менен ислеўши заманагөй  ысытыў қазаны қурып берилип, онда медицина хызметкерлери аўыл халқына турақлы хызмет көрсетип келмекте. Соның менен бирге, медицина бирлеспесине қараслы орайлық емлеўхана имаратындағы 9 қазанхана ҳәм 17 ысытыў қазанларына жеңил оңлаў жумыслары исленди.

Сондай-ақ, медицина бирлеспесине қараслы емлеў профилактика мәкемелериниң әтирапын абаданластырыў жумыслары алып барылып, жыйналған қатты шығындылар Нөкис районлық «Таза аймақ» кәрханасы хызметкерлери тәрепинен өз-ара дүзилген шәртнама тийкарында арнаўлы орынларға апарып тасланбақта.

Жуўмақлап айтатуғын болсам, Нөкис   районлық медицина бирлеспеси хызметкерлери өзлерине жаратып берилген имканият ҳәм мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып, халыққа сапалы медициналық хызмет көрсете береди.

Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы