Президент Шавкат Мирзиёев 19-декабрь күни «Электромобильлерден пайдаланыў инфраструктурасын кеңейтиў илажлары ҳаққындағы»ғы қарарға қол қойды.

Онда белгилениўинше, 2024-жылдыӊ ақырына шекем Өзбекстанда қуўатландырыў станцияларының саны 2500 ге жеткериледи (ҳәзир 70).

Онда :

– 2023-жылы электр тармақлары, трансформатор ҳәм подстанцияларға тутас аймақларда 1400

қуўатландырыў станциясы орнатыў ушын жерлер аукционға шығарылады;

– «Аймақлық электр тармақлары» тәрепинен халық аралық ҳәм мәмлекетлик әҳмийеттеги автомобиль жолларына тутас аймақларда кеминде 500 қуўатландырыў станциялары қурылады;

– 2023-2024-жылларда кеминде 500 қуўатландырыў станцияларын жайластырыў ушын мәмлекетлик шөлкемлердиң бос аймақлары «К-savdo» арқалы аукционға шығарылады.

Өз гезегинде, 2023-жыл 1-январьдан исбилерменлерге қуўатлантырыў станциялары арқалы электр энергиясын сатыў ҳуқықы бериледи. Бунда, хызмет тарифи (баҳасы) электр энергиясының тастыйықланған тарифине қарамастан исбилерменлер тәрепинен ғәрезсиз белгиленеди.

Буннан тысқары, 2023-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекем қуўатландырыў станциялары ҳәм олар орнатылған автомобиль тоқтап турыў орынлары жайласқан жер участкалары жер салығынан, қуўатлантырыў станциялары мүлк салығынан, тийкарғы жумыс түри транспорт қуралларын қуўатландырыў хызметин көрсетиў болған исбилерменлер болса пайда салығынан және транспорт қуралларын қуўатлантырыў хызметин көрсетиўде айланыстан алынатуғын дәрамат салығынан азат етиледи.

Соның менен бирге, импорт етилетуғын қуўатландырыў станциялары, олардың компонентлери ҳәм сервис инфраструктурасы ушын технологиялық әсбап-үскенелер бажыхана бажыдан азат етиледи.

Өз гезегинде, ҳүжжет пенен 2030-жыл 1-январьға шекем Өзбекстанда ислеп шығарылған электромобильлер ҳәм гибрид автомобильлер утилизация жыйынынан азат етилетуғыны белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги