«Быйыл «Мәмлекетлик хызмет ҳаққында»ғы жаңа Нызамды қабыл еттик. Ендигиден былай мәмлекетлик лаўазымларға тек ғана конкурс тийкарында жумысқа қабыл етиледи.
Барлық басшылардың жумысы нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳалап барылады. Ҳәр жылы 500 қәнигени ең абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларында ҳәм орайларында оқытып келемиз.
Келеси еки жылда ҳәр бир район ҳәм қала ҳәкимлигине республика уйымларында жоқары лаўазымларда ислеген, билимли ҳәм тәжирийбели кадрлар қойылады.
Жаңа жылдан баслап ҳәр бир ҳәким өз районына 40-50 миллион доллар жеке инвестицияларды алып келиўи керек болады», – Мирзиёев.
Қарақалпақстан хабар агентлиги