«Биз коррупция ҳаққында көп айтамыз, бирақ системада коррупцияға жол қойылса, неге министр жуўап бермеўи керек? Енди сораў басқаша болады.
Министр өз системасына ажыратылған қаржыларды нәтийжели ҳәм мақсетли жумсаў бойынша биринши болып, өзи жуўап береди. Ммәлекет ўәкиллери өзиниң ҳадал мийнети, әпиўайылығы, халықсүйгишлиги, ҳақкеўиллилиги ҳәм пидайылығы менен адамларымыздың меҳрине сазаўар болыўы керек.
Енди министрлердиң сиясий жуўапкершилиги арттырылып, Ҳүкимет қарарларының жойбарлары, мәмлекетимиз турмысына байланыслы әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелер тиккелей министрлердиң қатнасыўында коллегиал шешиледи.
Ҳәр бир ўәлаяттағы машқалаларды шешиўге, ҳәр айда орынларға шыққан ҳалда «Ҳүкимет күни» өткерилиўи жолға қойылады. Министр ҳәр жылдың басында жәмийетшиликтиң алдында тараўдағы режеси ҳәм жыл жуўмағы менен болса оның нәтийжеси бойынша есап береди.
Атап көрсетпекшимен – енди, қайсы министр өз жумысын еплей алмаса, босатылады», – Шавкат Мирзиёев.
Қарақалпақстан хабар агентлиги