«Бул тараўда баслаған реформаларымызды даўам еттириў, билимлендириў дәргайларына барып, оқытыўшы ҳәм муғаллимлер менен көплеген сөйлесиўлер өткерип, сапаны арттырыў бойынша олар қойған мәселелерди биргеликте шешиўимиз керек.

Биз келеси жыл Мәмлекетлик бағдарламаға халқымыз көтерген барлық мәселелерди анық шешимлери менен киргиземиз.

Бул процесслерде депутат ҳәм сенаторлар, мәҳәлле ўәкиллери, зыялылар, жаслар, исбилерменлер ҳәм кең жәмийетшилигимизден белсенди болыўды, жаңадан-жаңа усыныс ҳәм басламалар билдириўди сорайман», – деди Шавкат Мирзиёев.


Қарақалпақстан хабар агентлиги