Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев усы жылдың 21-22-декабрь күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.

Сапардың бағдарламасына муўапық, жоқары дәрежедеги ушырасыўларда еки тәреплеме ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер додаланады.

Саммит күн тәртибинен Өзбекстан-Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да тереңлестириў, өз-ара саўда көлемин кеңейтиў, санаат коперациясы бойынша өз-ара пайдалы биргеликтеги жойбарларды алға қойыў, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, жедел аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў сыяқлы тийкарғы мәселелер орын алған.

Мәмлекет басшылары бир қатар ири инвестициялық жойбарларды баслап бериўи режелестирилмекте.

Ушырасыўлар жуўмағында әмелий бирге ислесиўдиң баслы бағдарлары бойынша еки тәреплеме келисимлердиң салмақлы топламын қабыл етиў нәзерде тутылған.

ӨзА