Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-декабрь күни өзиниң экономикалық раўажланыў, нәтийжели басқарыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў бойынша кеңесгөйи Сума Чакрабартиди қабыл етти.
Онда елимиздеги экономиканы ҳәм басқарыўды реформалаў шеңберинде ерисилген нәтийжелер ҳәм алдағы режелер көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы барлық әҳмийетли бағдарлардағы жаңаланыўларға тоқтап өтип, экономиканың баслы тармақларын модернизациялаў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў, мәмлекетлик басқарыўда трансформация процесслерин, сондай-ақ, санластырыў ҳәм инвестициялық тартымлылық бағдарындағы жумысларды даўам еттириў зәрүрлигин айрықша атап өтти.
Сума Чакрабарти дүнья экономикасындағы қыйын жағдайда Өзбекстан тәрепинен көрилип атырған нәтийжели илажлар экономикалық реформалардың динамикасын тәмийинлеп атырғанын атап өтип, бул тараўдағы биргеликтеги ҳәрекетлерди жаңа басқышта даўам еттириўди қоллап-қуўатлады.
Ушырасыўда күн тәртибиндеги әҳмийетли бағдарлар да көрип шығылды.
ӨзА