14-декабрь күни БМШ Бас ассамблеясы «Турақлы раўажланыў мақсетлерине (ТРМ) ерисиўди жеделлестириўде парламентлердиң ролин күшейтиў ҳаққында»ғы резолюцияны бир аўыздан мақуллады.

Бул резолюцияны қабыл етиў усынысы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2020-жылы БМШ Бас ассамблеясының 75-сессиясында алға қойылған еди.

Резолюцияда COVID-19 пандемиясынан кейинги дәўирде ҳеш кимди итибардан шетте қалдырмаўды тәмийинлеген ҳалда кең көлемли, турақлы ҳәм избе-из тиклениўди қоллап-қуўатлаў мақсетинде тилеклеслик, аўызбиршилик ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўге садықлықты беккемлеўде парламентлердиң әҳмийетли орны атап өтиледи.

Бас ассамблея мәмлекетлерди қоллап-қуўатлаўға, оларды ТРМға ерисиў бойынша келешектеги жумыс ҳәм олардың ерисилиўин бақлаў процесслерине, әсиресе, еркин миллий баянатларды таярлаўға тартыў, сондай-ақ, миллий жуўапкершилик ҳәм есаплылықты тәмийинлеў ҳәм күшейтиў ушын оларға жәрдем бериўге шақырады.

Ҳаял-қызлардың нызам шығарыўшы уйымлардың жумысында ҳәм парламент процесслеринде толық, тең ҳуқықлы ҳәм тәсиршең қатнасыўына жәрдемлесиў арқалы ТРМға ерисиўди жеделлестириўге қаратылған ҳәрекетлердиң орайлық факторы сыпатында гендер теңликти тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған.

2030-жылға шекемги дәўирдеги күн тәртибиниң табыслы әмелге асырылыўында жаслардың орны ҳәм үлеси зәрүр екенлиги, жаслардың парламент процесслеринде толық, тең ҳуқықлы ҳәм тәсиршең қатнасын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилген.

Дүньяның барлық континентлериндеги 80 мәмлекет, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери, Австрия, Бангладеш, Бахрейн, Бельгия, Германия, Альжир, Испания, Индонезия, Италия, Колумбия, Корея Республикасы, Малайзия, Египет, Нидерландия, Норвегия, Пакистан, Португалия, Россия, Сингапур, Финляндия, Франция, ҚХР, Швеция, Япония, Қатар ҳәм басқалар ҳүжжеттиң биргеликтеги авторлары болды.

БМШ структуралары ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер резолюцияны қоллап-қуўатлады. Резолюция парламентлер ушын өзине тән қолланба болатуғыны, ТРМды жедел әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлерин жеделлестиретуғыны атап өтилмекте.

Парламентлер аралық аўқам бул ҳүжжетти 2023-жыл сентябрь айында БМШ Бас ассамблеясы 78-сессиясының Жоқары дәрежедеги ҳәптеси шеңберинде болып өтетуғын ТРМ саммитине таярлық жолындағы әҳмийетли қәдем сыпатында баҳалады.

ӨзА