Усы жылдың өткен 11 айы даўамында республикамыз аймағында 450 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген болса, соннан 112 жағдай өлим менен, 338 жағдай дене жарақатын алыў менен байланыслы жағдайды қурайды.
Бул ҳәдийселерди таллап көргенимизде, көпшилиги соқлығысыў, пиядаларды ҳәм велосипед айдаўшыларды қағып кетиў, аўдарылыў ҳәм басқалар қурайды.
Пиядалардың қатнасындағы жүз берген жол-транспорт ҳәдийселери 34,9 процентти қурап атырғанын есапқа алсақ, автотранспорт сыйымлылығы көп болған ҳәм халық көп жыйналатуғын орынларда рейдлер шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде 11 ай даўамында пиядалар тәрепинен 9220 нызамбузыўшылық анықланды.
Быйылғы жылы 12 пиядалардың өтиў орны қайта тикленип, 3 пиядалар өтиў орнына ҳәм 4 кесиспеге светофор объекти ҳәм 29 жасалма тосықлар орнатылды. Буннан тысқары, 3093 дана жол белгиси орнатылған болса, ескирген 6722 дана жол белгиси жаңасына алмастырылды ҳәм жолдың қатнаў бөлеклерине 1803,7 километр жолға сызықла сызыў илажлары көрилди.
Жол-транспорт ҳәдийселеринин келип шығыў себеплеринен және бири айдаўшылар тәрепинен белгиленген тезликке бойсынбаслық нызамбузыўшылығы болып, ол жәми ҳәдийселердиң 40,7 процентин қурайды. Республикамыз бойынша бул түрдеги ҳәдийселердиң саны 1,67 процентке, яғный 180 нен 183 ке өскен. Усының нәтийжесинде 43 пуқара набыт болды, 146 пуқара дене жарақатын алды.
Қарақалпақстан Республикасы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасында арнаўлы автоматластырылған 10 мобил, 8 стационар фоторадар қурылмасы халықаралық ҳәм мәмлекетлик әҳмийеттеги жолларға орнатылды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 4-апрельдеги «Автомобиль жолларында инсан қәўипсизлигин исенимли тәмийинлеў ҳәм өлим жағдайларын кескин азайтыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық Ташкент қаласындағы «ABL-Soft SS» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ислеп шығылған «AutoCon-SC/MV Тr.uz» стационар фото радар қурылмаларынан 15 данасы сатып алынып, белгиленген дислокация бойынша орнатылып, иске түсирилди.
Буннан тысқары Президентимиздиң 2020-жыл 7-декабрьдеги «Мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын тараўларға жеке секторды тартыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда автотранспорт ағымы көп болған кесиспелерге жеке исбилерменлер тәрепинен Нөкис қаласында 8 ҳәм Беруний районында 1 видео бақлаў камераларын орнатыў ушын үстинлер орнатылып, ҳәзир кабельлерди тартыў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бире, «Атлас Интернационал» фирмасынан МУВИНГ радар қурылмалары орнатылған жәми 5 «Ковальт» маркалы автомашинасынан толық пайдаланылмақта.
-Балалардың қатнасында жүз берген жол-транспорт ҳәдийселери республикамыз бойынша азайғаны менен Әмиўдәрья, Кегейли, Қанлыкөл, Елликқала ҳәм Мойнақ районларында көбейген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының аға инспекторы Қалбай Муратов.-Балалар менен байланыслы жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, оларға «Жол ҳәрекети қағыйдалары»н кеңнен түсиндириў мақсетинде ҳәр жылы «Дыққат,балалар!» илажы өткерилмекте. Жүз берип атырған жол-транспорт ҳәдийселериниң, соның ишинде, пиядалардың қатнасындағы ҳәдийселердиң алдын алыў, балаларға ҳәрекетлениў талапларын үйретиў бойынша аўыл пуқаралар жыйынларында, кәрхана, шөлкемлерде, оқыў орынларында профилактикалық илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги