20-21-декабрь күнлери Астана қаласында биринши Орайлық Азия медиафорумы болып өтеди. Форумды информациялық қоллап-қуўатлайтуғын шериклердиң бири – Қазақстан Республикасы Президентиниң телерадиокомпаниясы болып табылады.
Илажға 100 ден аслам спикер қатнасады.
Олар – халықаралық дәрежедеги атақлы илимпазлар, сиясатшылар, журналистлер, экспертлер ҳәм медиа тараўындағы халықаралық уйымлардың ўәкиллеринен ибарат.
Белгили қазақстанлы қосықшы Димаш Қудайбергенов БМШ резолюциясы арқалы қабыл етилген 21-декабрьдеги «Халықаралық тынышлық күни»ниң және «Peace one day» жобасының авторы Джерими Гиллимен бирге тынышлық идеясы бойынша арнаўлы сессия өткереди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги