Қырғызстандағы барлық мектеплер 24-декабрьге шекем онлайн режимде тәлимди даўам еттиреди. Бул ҳаққында мәмлекеттиң билимлендириў министриниң орынбасары Нодира Жусупбекова мәлим еткен.
Оның атап өтиўинше, Денсаўлықты сақлаў министрлигинен өткир респиратор вируслы инфекция ҳәм грипп кеселлиги көбейип атырғаны ҳаққында мағлыўмат келип түскен.
Еслетип өтемиз, алдынырақ мәмлекетте 170 ден аслам мектеп мине, усы себеплер менен карантинге жабылғаны ҳаққында хабар берилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги