Япония сыртқы ислер министри Ёсимаса Хаяси 24-декабрь күни Токиода Орайлық Азия мәмлекетлери – Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстандағы кәсиплеслери менен ушырасыў өткереди. Бул ҳаққында күн шығыс мәмлекетиниң сыртқы ислер министрлиги мәлим етти.
Атап өтилиўинше, сөйлесиў даўамында улыўма бирге ислесиў, Орайлық Азия регионын турақлы раўажландырыў мәселеси додаланады.
Күн тәртибинен халықаралық машқалалар, соның ишинде, Украина ҳәм Аўғанстандағы жағдай да орын алған. Илаж шеңберинде бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилиўи мөлшерленбекте.
Бул форматқа 2004-жылы тийкар салынған.
ӨзА