Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының басшылары  тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерди онлайн тәризде қабыллаў өткерилди.

Онда пуқаралардың суд қарарларына ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы жигирмаға шамалас мүрәжат көрип шығылды.

Атап айтқанда, Қанлыкөл районы, Ҳажы палўан көшеси турғыны Б.Н. исмли пуқара банктен алынған кредити бойынша суд мәжилисинде пуқаралық ислери бойынша Беруний районлараралық судында көрилип атырған истиң нәтийжесин шешип бериўди сорап мүрәжат етти. Суд тәрепинен көрилип атырған иске араласыў мүмкин емеслиги түсиндирилди.

Сондай-ақ, усы райондағы С.Нурымбетов көшеси турғыны М.А. исмли пуқара еки перзенти ушын алимент пулларын алалмай атырғанлығын, өндирип бериў шараларын көрип бериўди сорап мүрәжат етти. Бул бойынша мәжбүрий орынлаў бюросына мүрәжат етиў ҳуқықы түсиндирилди.

Райондағы және Т.Х. исмли бир пуқара суд қарарына тийкарланып жумыс орнына тиклениўи бойынша ҳуқықый түсиник сорап мүрәжат етти. Оған ҳуқықый түсиник берилди.

Мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, айырым мүрәжатлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғынлығы белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги