Оған бола, 2009-жыл 1-январдан кейин туўылған барлық адамларға темеки өнимлерин сатыў қадаған етиледи.
Тыйым келешек әўладлардыӊ шегиўшиликке берилиўиниӊ алдын алыўға қаратылған ҳәм ҳүкиметтиң мәмлекетти 2025-жылға шекем “шекпейтуғынлар” қатламына киргизиў бойынша басламасының бир бөлеги.
Жаңа нызамды бузғаны ушын шама менен 96 000 доллар муғдарында жәрийма салынады.
Буннан тысқары, сигарет сатыўшы дүканларды шама менен 6000 нан 600 ге шекем қысқартыў жобаластырылған.
Жаңа Зеландияда шегиў дәрежеси – дүньядағы ең төмен көрсеткишлерден бири болып – соңғы 12 ай ишинде 9,4% тен 8% ке шекем төменлемекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги