Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған Анқараға рәсмий сапар менен келген Россия Мәмлекетлик Думасының баслығы Вячеслав Володинди қабыллады. Бул ҳаққында мәмлекет басшысының баспасөз хызмети хабар берди.
Россия парламенти делегациясы, сондай-ақ, Түркия Уллы Миллет Мажлиси спикери Мустафо Шентоп пенен де өз-ара сөйлесиў өткерген. Ушырасыў жуўмағына бола, тәреплер парламентлер аралық бирге ислесиўди беккемлеўге келисип алғаны айтылады.
Ҳәр еки тәреп Москва ҳәм Анқара арасындағы қатнасық жоқары дәрежеде екени, онда мәмлекет басшылары Владимир Путин ҳәм Эрдоғанның жеке байланысы әҳмийетли орын тутатуғын атап өтти.
«Арамызда исеним орталығының пайда болыўында президентлеримиздиң дослығы үлкен әҳмийетке ийе. Олар бизге белгилеп берген жуўапкершилик, ҳәзирги жоқары дәрежедеги қатнасық парламентлер аралық байланысты раўажландырыў жумысында да даўам етеди», деди Шентоп.
ӨзА