Президент Шавкат Мирзиёев 13-декабрь күни Ташкент қаласы Үштепа районындағы инфраструктуралық ҳәм социаллық тараў объектлериниң жумысы менен танысты ҳәм белсендилердиң қатнасыўында мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп «Тошшаҳартрансхизмат» акционерлик жәмийети системасындағы 18-автобус сарайында болды.

Жәмийетлик транспорт системасының раўажланғаны қала турмысының ең әҳмийетли тәреплеринен бири. Бирақ Ташкент қаласында бул тараў ҳәзирги өзгерислерден кейин қалмақта. Атап айтқанда, кейинги жылларда көплеген турақ жайлар қурылды, халықтың саны артты, қала аймағы да кеңейди. Пайтахтымызда күнине 1 миллион 300 мың жолаўшы жәмийетлик транспорттан пайдаланбақта.
Бул талапқа жуўап бериў ушын «Тошшаҳартрансхизмат» системасындағы автобуслар жетиспей атыр. Барларының да көбиси гөнерген. Сонлықтан жөнелислерге режеге тийкарланып 90-100 автобус аз шықпақта. Көшелерде жәмийетлик транспорттың үстинлиги жолға қойылмаған. Соның ақыбетинде жолаўшылар автобусларды 20-30 минутқа шекем күтиўге туўра келмекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул жағдайды кескин сынға алып, әсиресе, ҳәзиргидей суўық күнлерде буған улыўма жол қойыўға болмайтуғынын атап өтти. Сонлықтан күшейтилген тәртипте ислеп, ең қыйын жөнелислерге қысқа мүддетли қосымша автобуслар қойыў бойынша тапсырма берди.


Бул ушын жеке кәрханалардың автобуслары да тартылады. Оларға қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў ушын мәмлекет тәрепинен субсидия бериледи. Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкерлери автобуслардың қатнаўына қосымша қолайлылықлар жаратады.

Қатнаўлардың жеделлиги ҳәм хызмет сапасын тәмийинлеў, айдаўшылардың айлық мийнет ҳақыларын арттырыў бойынша да көрсетпе берилди.

Усы жерде Ташкент қаласында жәмийетлик транспортты раўажландырыў мәселелери бойынша таныстырыў болып өтти. Атап өтилгениндей, быйыл 277 автобус ҳәм электроавтобус сатып алынып, қатнаўға қойылды. Автобуслар ҳәрекети ҳәм төлемлер системасы санластырылды.

Бүгинги күнде «Тошшаҳартрансхизмат» системасында 142 жөнелис бар. Жолаўшылар ағымының көбейиў прогнозынан келип шығып, жәмийетлик транспорттың 167 жөнелистен ибарат жаңа тармағы қәлиплестирилген. Бул жөнелислерди тәмийинлеў ҳәм Ташкент қаласында жәмийетлик транспортқа болған талапты толық қанаатландырыўға және 1000 үлкен сыйымлылықтағы автобус зәрүр. Бул арқалы автобуслардың аралық интервалын 7-10 минутқа шекем қысқартыў мүмкин.

Президент автобус сарайындағы транспортларды көзден өткерди. Бул кәрхана 22 жөнелис бойынша күнине 74 мың жолаўшыға хызмет көрсетпекте.

Мәмлекетимиз басшысы «Ташкент ыссылық орайы» кәрханасының Чиланзар ыссылық орайын барып көрди.

Бул комплекс 1969-жылы қурылған. Қазанхана 700 Гкал қуўатлылыққа ийе. Орай 921 көп қабатлы жай ҳәм 100 ден аслам социаллық тараў объектлерине ыссылық қуўатлылығын жеткерип береди.

Кейинги күнлерде ҳаўа-райының кескин суўытып кетиўи ақыбетинде газ басымының төмен екени бақланбақта. Бул ысытыў дәрежесине кери тәсир етпекте.

Чиланзар ыссылық орайында да үскене ҳәм тармақлар ескирген. Ыссылықты жеткерип бериўде шығынлар бар.

Сонлықтан бул бағдардағы зәрүрий илажлар додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы ыссылық ислеп шығарыўдың альтернатив дәреклерин излеў, трубалар ҳәм үйлерде температураны сақлаў зәрүрлигин атап өтти.

Ташкент қаласы районларына электрде ислейтуғын 2 мегаваттлы станцияларды алып келип, қосымша ыссылық қуўатлықларын жаратыў усынысы мақулланды. Бундай бир қурылма 1 мың 340 үйге ыссылық жеткерип береди. Өндирислик қәрежети аз болғаны есабынан баҳа көтерилмейди.

Шавкат Мирзиёев күтилмегенде усы жердеги Ширин мәҳәллесине кирип көрди. Адамлардың үйлерине барып, турмыс шараятларына, ыссылық тәмийнатына қызықты.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Үштепа районы Найман мәҳәллесиндеги шаңарақлық балалар үйи менен танысты.

Елимизде жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар айрықша итибарға алынған. Мәмлекет тәрепинен берилген жеңилликлер нәтийжесинде бундай балаларды өз қушағына алып атырған шаңарақлар көбейип бармақта. Соның ишинде, 131 шаңарақлық балалар үйлери шөлкемлестирилип, 808 ул-қыз тәрбияға алынған.

Үштепа районындағы усы шаңарақлық балалалар үйи де бул бағдардағы жумыслардың логикалық даўамы болып табылады. 2 қабатлы имарат Миллий гвардия тәрепинен реконструкцияланып, 12 шаңарақ ушын шараят жаратылған. Барлық үйлер турмыслық техника, мебель ҳәм хожалық үскенелери менен тәмийинленген.

Президентимиз усындай шаңарақлардың бири – Иномжан ҳәм Дилдораның үйинде болды. Олар 4 жетим баланы өз қарамағына алған.

Балалар өзиниң шаңарағы болыўын әрман еткени, мәмлекеттиң итибары менен сол әрманы орынланғанын айтты.

Ата-аналардың өз перзентлери ҳәм тәрбияға алынған балалары бул жердеги 238-улыўма билим бериў мектебинде билим алады.

Комплексте 2 спорт залы, мини-футбол стадионы, ойын ҳәм воркаут майданшалары, жазғы сахна, қыябан шөлкемлестирилген. Саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери егилген. Ықшам қыйтақ жерде үй-руўзыгершилик өнимлери жетистириледи.

Мәмлекетимиз басшысы оқыў ҳәм спорт дөгереклерин кирип көрди, жаслар менен сәўбетлести.

Бул жерде Ташкент қаласы районларын мәҳәлле кесиминде раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерилди.

Өткен 11 айда пайтахтымызда 650 жойбар әмелге асырылып, 30 мың жумыс орны жаратылған. Атап айтқанда, Үштепа районында жаңа исбилерменлик субъектлериниң саны 1 мың 110 ға көбейген.

Ташкентте саўда, санаат ҳәм хызметлерди раўажландырыўда үлкен имканиятлар бар екени атап өтилди. Буннан толық пайдаланып, пайтахтты жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў ўазыйпасы белгиленди.

Президентимиз жәмийетлик машқалаларды шешиў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Пайтахтымызда 584 мәҳәлле бар. Оларды абат етиў, жолларды жақсылаў бойынша көп жумыслар исленбекте.

Мәмлекетимиз басшысы алдағы режелер, халықтың талап-усыныслары бойынша мәҳәлле баслықлары менен сәўбетлести.

Солардан келип шығып, 44 социаллық объектти оңлаў, балалар бақшасы, поликлиника, дем алыў бағын шөлкемлестириў илажлары белгиленди.

Ташкент қаласындағы  12 ыссылық орайының барлығы 1968-1986-жылларда қурылған болып, үскенелери гөнерген. Сонлықтан, олардың 9 ы тийкарында ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығаратуғын заманагөй орайлар шөлкемлестириледи. Нәтийжеде прайтахтымызда ҳәр жылы қосымша 3 миллиард киловатт-сааттан зыят электр энергиясы ислеп шығарылады.

Жаңа жыл байрамы алдынан базарларға азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша да көрсетпелер берилди.

Зиёулла ЖОНИБЕКОВ,

Икрам АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары