2003-жыл 9-декабрь күни Мерида қаласы (Мексика)нда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң басламасы менен Қоррупцияға қарсы гүрес бойынша халықаралық конвенцияға қол қойылған.
2003-жыл БМШ Бас Ассаблеясының 53-сессиясында қабыл етилген резолюцияға муўапық, бул күн Коррупцияға қарсы гүресиў халықаралық күни деп жәрияланған.
Халықаралық Стандартластырыў шөлкеми тәрепинен 2016-жылы ISO 37001:2016 Коррупцияға қарсы басқарыў системасы енгизилген.
Еслетип өтемиз, 2020-жылдың 7-сентябрь күни Әдиллик министрлиги Өзбекстанның мәмлекетлик уйымлар ишинде биринши болып ISO 37001:2016 жумысының барлық бағдары «Коррупцияға қарсы гүресиў менеджементи системасы» халықаралық стандартына муўапық деп баҳаланып, халықаралық реестрге киргизилген ҳәм тийисли сертификатқа ийе болған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги