Өзбекстан Президентиниң Аўғанстан бойынша Арнаўлы ўәкили Исматулла Иргашевтиң Америка Қурама Штатларының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Жонатан Девид Ханник пенен сөйлесиўлери болып өтти.
Ушырасыўда тәреплер Аўғанстандағы жағдайды, Аўғанстан бағдарында Өзбекстан-Америка сөйлесиўин раўажландырыў перспективаларын додалады.
Елши Өзбекстан Администрациясының Аўғанстан халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиў бойынша алып барып атырған сиясатына жоқары баҳа берди. Сондай-ақ, Аўғанстан машқаласын тыныш жол менен шешиў мәселесинде Өзбекстан ҳәм Қурама Штатлар арасында және де тығыз бирге ислесиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Тәреплер Аўғанстанда миллий жарасыўға имканияты болғанынша тезирек ерисиў, сондай-ақ, мәмлекеттиң жаңа ҳүкимети тәрепинен дүнья жәмийетшилиги алдындағы миннетлемелерин орынлаў зәрүр екенлиги ҳаққында келисип алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги