Президент Администриациясында усы жылдың жуўмағы менен социаллық-экономикалық раўажландырыўда күтилип атырған нәтийжелер ҳәм энергетикадағы жағдай бойынша өткерилген мәжилисте штаблар ҳәм аймақларға бириктирилген басшыларға айрықша итибар қаратыўы зәрүр болған бағдарлар белгилеп берилди:
- Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ислеп шығарыў және оларды тутыныўшыларға жеткерип бериў;
- Халық, социаллық тараў ҳәм экономика тармақлары ушын көмир ҳәм суйылтырылған газ жеткерип бериў;
- Көп қабатлы турақ жайларға хызмет көрсететуғын қазанханалардың ислеў жағдайын қадағалаў ҳәм басқалар.
Сондай-ақ, Администрация басшысының басшылығында мәжилисте мәмлекетлик шөлкемлердиң машиналарына ўақытша газ қуйыў қадаған еилгени мәлим етилди. АИ-80 бензини ушын акциз салығы бийкар етилгени айтылды.
Мәжилисте жүзеге келген жағдайды нормалластырыў бойынша да анық илажлар көрип шығылды. Соның ишинде:
– товар газ жеткерип бериў көлемин суткасына 5 миллион куб метрге көбейтиў;
-2023-жыл 1-мартқа шекем мәмлекетлик уйымларға қараслы қысылған газде ҳәрекетленетуғын автомобильлерден пайдаланыўды қадаған етиў, оларды бензинге өткериў;
-сырт еллер менен қосымша тәбийғый газ, электр энергиясы, көмир, мазут сатып алыў бойынша сөйлесиўлерди жеделлестириў;
– 2 ай мүддетке АИ-80 бензини импорты ушын акциз салығы ҳәм оны усақлап сатыў ушын акциз салығын есаплаў ҳәм өндириўди тоқтатып турыў;
– биржа саўдаларына қойылып атырған АИ-80 бензининиң күнлик муғдарын арттырыў;
– АИ-80 бензининиң баҳасын тийкарсыз көтериўге жол қоймаў, баҳаны көтериўде басланғыш баҳасының 5 процентинен артық болмаўын тәмийинлеў белгиленди.
ӨзА