Президент Администрациясында усы жылдың жуўмақлары менен социаллық-экономикалық раўажландырыўда күтилип атырған нәтийжелер ҳәм энергетикадағы жағдай бойынша мәжилис өткерилди. Мәжилиске видеобайланыс арқалы барлық аймақлардың басшылары қатнасты.
Администрация басшысы Сардор Умурзақовтың басшылығында кескин сынға алыў руўхында өткен мәжилисте қыс мәўсимин зыянсыз өткериўге жуўапкер адамлардың жумысындағы үлкен кемшиликлер көрсетип өтилди, мәўсимге таярлық жумысларында изде қалыўлар, жүзеге келген жағдайды сапластырыў илажлары жедел қабыл етилмегенине ҳәм улыўма төмен екенине наразылықлар билдирилди.
Халық ҳәм экономика тармақларын энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў мәселелерин жедел ҳәм системалы шешип барыў мақсетинде Энергетика министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигинде күни-түни ислейтуғын штаблар дүзиў тапсырылды.
Бул мәселелер бойынша күнлик қадағалаў орнатыў ушын Президент кеңесгөйлери ҳәм Бас министрдиң орынбасарлары ҳәр бир ўәлаят ҳәкимине бириктирилди.
ӨзА