Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-декабрь күни Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Қырғызстан жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар, туўысқан Қырғызстан халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Жоқары дәрежедеги келисимлерге муўапық Өзбекстан-Қырғызстан жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из беккемленип баратырғаны, мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жақында әҳмийетли еки тәреплеме ҳүжжетлер – Мәмлекет шегарасының айрықша участкалары ҳаққында шәртнама ҳәм Әндижан суў сақлағышының суў ресурсларын биргеликте басқарыў ҳаққындағы келисимге қол қойылғаны ҳәм ратификацияланғаны әмелий бирге ислесиўдиң тереңлесиўине, мәмлекетлеримиз ҳәм пүткил регионның турақлы раўажланыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.
Буннан тысқары, өз-ара саўда көрсеткишлери артып бармақта – жыл басынан товар алмасыў көлеми 1 миллиард долларға жетти. Өзбекстан – Қырғызстан раўажланыў фонды өз жумысын баслады, санаат, энергетика, электротехника, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да тармақларда бир қатар кооперациялық жойбарлар биргеликте әмелге асырылмақта.
«Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай» темир жолы ҳәм Қамбарата гидроэлектр станциясын қурыў бойынша ири регионаллық жойбарларға қызғын таярлық көрилмекте.
Мәмлекет басшылары болажақ сөйлесиўлердиң күн тәртибин сапа жағынан байытыў мақсетинде саўда шәртнамалары ҳәм инвестициялық бағдарламалар портфелин кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи әдеттегидей қызғын ҳәм дослық руўхында болып өтти.
ӨзА