Бурын хабар еткенимиздей, Монголия пайтахты Улан-Баторда кешеден берли халық наразылық билдирип көшелерге шықпақта. Ҳәзирги ўақытта көтерилисшилер қадағалаўға алынған, деп хабар бермекте Монцамэ агентлиги.
Бул көтерилислер 1,8 миллиард долларлық көмир урланғаны ҳаққында хабар тарқалғаннан кейин дүйшемби күни басланды. Сол күни Улан-Баторда айрықша жағдай жәрияланған.
Агентликтиң хабарына қарағанда, Улан-Батордағы наразылық көтерилиси шөлкемлестирилмеген, сонлықтан ғалаба тәртипсизликлерге айланып кетиў қәўипи бар.
Ғалаба хабар қуралларының жазыўынша, Қытайда Монголиядағы көмир урлығына байланысы бар лаўазымлы адамларға өлим жазасы берилген.
Мәмлекет әдиллик министриниң билдириўинше, Монголия ҳүкимети дипломатиялық каналлар арқалы Қытай ҳүкиметинен «Көмир исин» тексериўге қосылыўын сораған. Гәп сонда, Монголия мәмлекет экспортының шама менен 86 процентин Қытайға береди. Экспорт өнимлериниң ярымынан көбин болса көмир қурайды.
«Қытай тәрепи бул көмир урлығына байланысы бар лаўазымлы адамларды жазалады. Сондай-ақ, Қытай тәрепи бул «қара иске» байланысы бар монголиялы сиясатшылардың исмин де көрсетип жоллаған», делинеди хабарда. Көтерилисшилер болса «коррупция батпағына батқан ҳүкиметтиң айыбын ашыўды ҳәм урылардың атын мәлим етиўди» талап етпекте».
Қарақалпақстан хабар агентлиги