Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бүгин, 6-декабрь күни Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаровты туўылған күни менен қутлықлады.

«Сизге туўылған күниңиз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўлар ҳәм жақсы тилеклеримди жоллаў маған үлкен қуўаныш бағышлайды.

Мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығы, Қырғызстанның халықаралық майдандағы абырайын арттырыў жолындағы жумысыңыз айрықша атап өтиўге ылайық. Мәмлекетлеримиз арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм туўысқанлық руўхындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәм ҳәр тәреплеме байланысларды кейинги жыллары сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге қосқан жеке үлесиңизди айрықша атап өтпекшимен.

Бийтәкирар Бишкек қаласына болажақ жоқары дәрежедеги сапар, нәтийжели сөйлесиўлеримиз, ерисилип атырған әҳмийетли келисимлеримиз туўысқан халықларымыздың улыўмалық мәплерине хызмет ететуғыны сөзсиз. Президентлик дәўириңиздеги узақ ўақыт машқала болып келген шегара мәселелериниң шешилиўи үлкен әмелий ҳәрекетлериңиз ҳәм беккем сиясий ерк-ықрарыңызды және бир мәрте анық көрсетти. Сизиң басшылығыңызда Қамбарата гидроэлектр станциясы, Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жол линиясының қурылысы сыяқлы ири регионаллық жойбарларды әмелге асырыў да табыслы басланғаны, айрықша, бизди қуўандырады.

Өз-ара ҳүрмет ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаў принциплерине тийкарланған қатнасықларымыз буннан былай да беккемленетуғынына исенемен. Пурсаттан пайдаланып, сизди бул әҳмийетли күн менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлап, сизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетлик жумысыңызда жаңа табыслар, туўысқан Қырғызстан халқына болса тынышлық, абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў тилеймен»,-делинеди Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қутлықлаўында.


Қарақалпақстан хабар агентлиги