Жер шарында аймағы жағынан хәр түрли көлемдеги  мәмлекетлер  бар. Әлбетте, дүнья аренасыда жер майданы жағынан  үлкен мәмлекетлер өз орнына ийе. Бирақ киши аймаққа ийе  мәмлекетлер де туризм тараўында  қызықлы . Бул мәмлекетлерде  өзиниң бай тарийхына ҳәм өзгеше ландшафтына ийе.

Майданы жағынан киши болған мәмлекетлер  Топ-10 лығын сизлердиң нәзериңизге усынамыз.

  1. Мальта- майданы 316 км2. 1964-жылы Уллы Британиядан өз ғәресизлигин алған . Халқының саны- 452 000 . Пайтахты Валлета.

9.Мальдива  – Азиядағы ең киши мусулман мәмлекети. Майданы  298 км2. Ҳалқыниң саны  320 мыңнан аслам. Пайтахты Мале.

  1. СЕНТ-КИТС ВА НЕВИС –аймағы 261 км2. Халқының саны 50 мың. Мәмлекеттиң пайтахты Бастер.

    7. Маршалов –Тыныш океанында жайласқан мәмлекет. Майданы 181 км2 . Халқының саны  60 мың .

    6. Лихтенштейн-Европаның орайында жайласқан мәмлекет. Швейцария ҳәм Австрия менен шегаралас монархия мәмлекети. Халқының саны  35 мың . Майданы 160.4 км2.  Мәмлекет пайтахты  Вадуц қаласы.

    5. Сан-Марино Италия аймағында  жайласқан Европаның киши мәмлекети. Бул мәмлекет дүняьда ең әййемги республика деп те аталады . Майданы  61. 00 км2.  Халқының саны  31 945.

    4. Тувалу –мәмлекет 1978-жылы Англиядан ғәрезсизлигин алған. Майданы 26 км2. Халқының саны 10 мың . Тувалудың пайтахты Фунафути..

    3. Науру –үшинши ең киши мәмлекетлердиң бири. Жер шарындағы ең киши ғәрезсиз республика. Бул дүньядағы бирден-бир рәсмий пайтахты жоқ Республика. Майданы 21. 3 км2 . Халқының саны  9. 5 мың.

    2. Монака –майданы 2. 02 км2. Халқының саны  36 мың . Мәмлекет  Лигурийск жағалығында жайласқан болып, Франция менен шегаралас.

    1. Ватикан- Рим Папасы басшылығындағы суверенли мәмлекет. Майданы 0. 44 км2. . Халқының саны 840.

Хамре Қдырбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы 

тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги