Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен Президент билимлендириў агентлигине қараслы Нөкис қаласы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернатында «Конституция мәмлекетимиз таянышы» атамасында байрам кешеси өткерилди.

Ушырасыўда Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты А.Саипова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлап, халықтың абаданлығын тәмийинлеўде Конституцияның орны хәм әҳмийети жоқары екенлигин айрықша атап өтти.

Атап өтилгениндей,  Бас нызамымыз мәмлекетимиздиң жүзи сыпатында оның өз алдына қойған мақсет хәм ўазыйпаларын, инсан хуқықлары ҳәм еркинликлерин, миннетлерин өзинде толық жәмлеген.

Бүгинги күнде елимизде барлық тараўларда ерисилип атырған жетискенликлеримиз, жүз берип атырған жаңаланыўлар, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў ҳәм әдил пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў жолында ерисип атырған жетискенликлеримиздиң барлығы Конституцияда беккемленип қойылған қағыйда ҳәм принциплер  менен тығыз байланыслы.

Раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойған мәмлекетимизде Конституция барлық тараўлардағы реформаларды әмелге асырыўда, елимиздиң бүгинги жоқары раўажланыўын тәмийинлеўде әҳмийетли ҳүжжетке айналды.

Ушырасыўда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги