Орынларда усы жыл 25-ноябрь күни елимиз бойлап жәрияланған «Зорлыққа қарсы бирге гүресемиз» сүрени астындағы илажлар даўам етпекте.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының баслаўыш тәлим факультети студент-жаслары менен «Гендер зорлыққа қарсы 16 күнлик белсенди ҳәрекетлер» атамасында ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы, төрешилик судлары ассоциациясы, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да тийисли шөлкемлерден қәнигелер қатнасып, жасларға зорлықтың алдын алыў ҳәм оннан қорғаныўға байланыслы нызам ҳүжжетлери, онда мәкемелераралық байланыс мәселелери, зорлықтың түрлери, оған қарсы әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, быйыл өзиниң 31 жыллығын белгилеп атырған ҳаял-қызларға қаратылған зорлыққа қарсы халықаралық дәрежедеги усы глобал кампания дүньяның барлық мәмлекетлеринде өткерилмекте. БМШ мағлыўматларына қарағанда, 15 жастан асқан ҳәр бир үшинши ҳаял-қыз өмири даўамында кеминде бир мәрте физикалық ямаса жынысый зорлыққа ушырайды.
Өзбекстанда соңғы жыллары гендер зорлығының алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўдиң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарлары беккемленбекте. Әсиресе, ҳаял-қызларға қаратылған зорлықтың алдын алыў, усындай себеплерден жәбирленгенлерди реабилитациялаў бойынша анық илажларға тийкарланған жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Бул процесслерде коммерциялық емес шөлкемлер де белсене қатнаспақта.
Ушырасыўда ҳаял-қызларға қаратылған зорлықтың алдын алыў, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқықлар ҳәм имканиятлардың жаратылыўы мәселелеринде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң күшлерин бирлестириў, ҳаял-қызлар лидерлиги ҳәм гендер теңликти раўажландырыў, сондай-ақ, усы ушырасыўда сөз етилген етилген үгит-нәсият илажларын еле де күшейтиў, арнаўлы жойбарларды әмелге асырыў, ҳаял-қызлардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги