Кеше Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Владимир Норов Японияның елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси етип тайынланған Такаши Хаториди қабыл етти.

Ушырасыў Елшиниң исеним жарлықларының нусқаларын тапсырыў мәресими менен басланды. Министр Елшини лаўазымға кирисиўи менен   қутлықлап, кәсиплик жумысында табыслар тиледи.

Сәўбетлесиў барысында Өзбекстан-Япония стратегиялық шериклик қатнасықларын ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл декабрь айында Японияға әмелге асырған рәсмий сапары жоқары дәрежедеги исеним ҳәм өз-ара түсинисиўге ерисиў, кең көлемли тараўларда еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў ушын зәрүр механизмлерди жаратыў имкниятын бергени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жоқары дәрежеде ерисилген барлық  келисимлерди әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша илажлар көриў зәрүрлиги атап өтилди.

Болажақ қоспа илажлар кестеси ҳәм шөлкемлестириў тәреплери, соның ишинде, «Орайлық Азия + Япония» сөйлесиўи мәжилисин өткериў мәселелери көрип шығылды.

Тәреплер саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў ҳәм еки мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы қатнасықларды жеделлестириўден мәпдар екенин билдирди.

Халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Ушырасыўда халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша да пикир алысылды.

ӨзА