5-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева БМШ Бас хаткериниң орынбасары, БМШТың Женева қаласындағы бөлиминиң бас директоры Татяна Валоваяны қабыллады.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми арасындағы көп тәреплемели жедел ҳәм нәтийжели бирге ислесиўге байланыслы әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстанның регионаллық ҳәм глобаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелерди шешиў бағдарындағы ҳәрекетлери, мәмлекет Президенти тәрепинен халықаралық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша алға қойылған басламалар БМШ тәрепинен қоллап-қуўатланбақта. Бул, өз гезегинде, усы абырайлы структура менен қатнасықлар үзликсиз екенин билдиреди.
Сенат Баслығы Т.Норбоева кейинги жыллары Өзбекстанның БМШ ҳәм оның қәнигелескен структуралары менен бирге ислесиўи сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин, Өзбекстан БМШ Режеси, Инсан ҳуқықлары пүткил жер жүзилик декларациясы ҳәм басқа да ири халықаралық шәртнамалардың мақсет ҳәм принциплерине садықлығын көрсетип, өз миннетлемелерин сөзсиз орынлап киятырғанын атап өтти. БМШ институтлары менен биргеликте әмелге асырылып атырған бағдарлама ҳәм жойбарлар шеңбериндеги тийкарғы баслы бағдарлар, өз гезегинде, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының мақсет ҳәм ўазыйпаларына толық сәйкес келетуғыны айрықша атап өтилди.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм БМШ арасында нәтийжели бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарлары, соның ишинде, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша пикир алысылды. Атап айтқанда, Турақлы раўажландырыў тараўындағы Миллий мақсет ҳәм ўазыйпалардың 2030-жылға шекемги дәўирде әмелге асырылыўын қадағалаў бойынша Парламентлик комиссия дүзилгени, олардың орынланыўы бойынша ҳүкиметтиң жумысы бойынша турақлы қадағалаў алып барылатуғыны атап өтилди.
Өз гезегинде, БМШ Бас хаткериниң орынбасары Татяна Валовая Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы бирге ислесиў шеңберинде әмелге асырылған жумысларды атап өтип, турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде нызамшылықты турақлы жетилистириў арқалы әмелге асырыў зәрүр екенлигин, онда парламент тийкарғы шешиўши фактор екенин атап өтти.
Сөйлесиў даўамында инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин, гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың тең ҳуқықлылығы ҳәм имканиятларын кеңейтиў мәселелери дыққат орайында болды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер системалы сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм бирге ислесиўли беккемлеўге қаратылған жойбарларды кеңейтиўге келисип алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги