Қырғызстан ҳәм Өзбекстан шегараны кесип өтиўде паспорт қадағалаўын жеңиллетеди. Бул ҳаққында қоңсы мәмлекет Жогорку Кенеши мәжилисинде сыртқы ислер министриниң орынбасары Ойбек Ортиқбоев мәлим етти.
Оның айтыўынша, ҳәр еки мәмлекет пуқаралары ID-картаны көрсетип, шегараны кесип өтиўи мүмкин болады.
Тек ғана 16 жасқа толмаған пуқаралар шегараны кесип өтиўде сырт елге шығыў паспортын көрсетеди.
Артықбаевтың айтыўынша, Өзбекстан Президентиниң 9-декабрь күни Қырғызстанға мәмлекетлик сапары даўамында тийисли билдириўге қол қойылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги