Қәдирли ўатанласлар!

Бүгинги күнде елимизде инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарлары етип белгиленген. Бул процессте барлық пуқараларымыз сыяқлы майыплығы болған жерлеслеримизге итибар бериў ҳәм әмелий ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Бул бағдарда терең инсаныйлық идеялары менен суўғарылған ҳәрекетлеримиз 3-декабрь – Халықаралық майыплар күнинен гөзленген мақсетлер менен ўазыйпаларға сәйкес ҳәм үнлес екенин атап өтиў керек.

Дүнья мәмлекетлериниң қатарында елимизде де кеңнен белгиленип атырған бул сәне мүнәсибети менен елимиздеги 1 миллионға шамалас майыплығы болған жерлеслеримизге өзимниң шын жүректен ҳүрмет-итибарымды ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Өзбекстанда майыплығы болған адамларға жәмийет ҳәм мәмлекет тәрепинен жәрдем бериў, оларды жәмийетлик-сиясий турмысқа тартыўға қаратылған кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытта бул категорияға тийисли пуқараларды қоллап-қуўатлаўға қәнигелескен бир қатар структуралар, атап айтқанда, Өзбекстан майыплар жәмийети, Майыплар ассоциациясы, Көзи әззилер жәмийети, Гереңлер жәмийети нәтийжели жумыс алып бармақта.

Ең әҳмийетлиси, тәғдирде жазылғанына майып болып қалған бирде-бир жерлесимиз халқымыздың, мәмлекетлик уйымлардың итибарынан шетте қалмай, өзиниң мийнети ҳәм қәбилети менен  тек ғана өмирде өз орнын ийелеп қоймастан, ал сабыры ҳәм шүкиршилик пазыйлетлери менен көпшиликке өрнек болмақта.

Биз сизлердиң бундай уллы умтылысларыңызды жоқары қәдирлеймиз ҳәм социаллық-экономикалық турмысымызға белсене қатнасқаныңыз ушын бәршеңизге терең миннетдаршылық билдиремиз.

Әзиз дослар!

Жәмийетимиздиң ажыралмас бир бөлеги болған майыплығы бар пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, мийнет ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў мақсетинде кейинги жылларда елимизде бир қатар нызаимлар және 25 тен аслам басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, беккем нызамшылық базасы жаратылды. Бул болса усы тайпа ўәкиллерине медициналық-социаллық хызметлер көрсетиў, олардың билим алыўы, мийнет етиўи, қәнигели медициналық хызметлерден пайдаланыўы, өзиниң қәбилетин ҳәм потенциалын жүзеге шығарыўы, жуўмақлап айтқанда, өзлерин жәмийетимиздиң толық ағзасы деп сезиўи ушын буннан былай да шараятлар жаратыў имканиятын бермекте.

Бүгин, пүткил халқымызға мүрәжат етип, сиз, әзиз ўатанласларымды бул бағдарда баслаған саўаплы ислеримизди жедел даўам еттириўге шақыраман. Усы мақсетте, биз барлық пуқаралар, соның ишинде, майыплығы болған адамлар ушын бирдей имканиятлар әмел ететуғын инклюзив жәмийетти жаратыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырамыз. Сол тийкарда майыплықты белгилеўдиң әлле қашан ескирген медициналық моделинен улыўма тән алынған социаллық моделине басқышпа-басқыш өтиўди өз алдымызға ўазыйпа етип қойғанбыз.

Буннан кейин имарат ҳәм объектлерди қурыў, реконструкциялаў, жәмийетлик транспорт, мәлимлеме ҳәм байланыс қуралларын ислеп шығарыўда майыплығы болған адамлардың олардан ҳеш бир тосқынлықсыз пайдалана алыўына аслы әҳмийет қаратылады.

Майыплығы болған адамларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайларындағы қамтыў көлемин 2 есеге арттырыў, аймақларда жумыс алып барып атырған 10 ға шамалас сондай орайларды кеңейтип, заманагөй медициналық ҳәм реабилитация үскенелери менен тәмийинлеў жумыслары әмелге асырылады.

Исендирип айтаман, сизлер өзлериңизди жалғыз сезбеўиңиз, зәрүр билим ҳәм кәсип-өнерлериңизди ийелеп, барлық тараўлар менен тармақларға белсене қатнасыўыңыз, денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўыңыз, мәдений зәрүрликлериңизди тәмийинлеўиңиз ушын бар күш ҳәм имканиятларды жумсаймыз.

Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизге саў-саламатлық, тынышлық-татыўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм әўмет тилеп қаламан.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти