8-декабрь – Өзбекстан Республикасы конституциясы қабыл етилген күн

Усы күнлери елимиздиң гүллән халқы мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы ең уллы сәнелердиң бири – Өзбекстан  Республикасы Конституциясының 30 жыллық байрамын жоқары көтериңкилик пенен белгилемекте.

1992-жыл 8-декабрь күни тарийхый ҳүжжет – Конституциямыздың қабыл етилиўи менен жаңа мәмлекет ҳәм жәмийет қурыў жолы ҳәм имканиятлары ашылды. Сол күннен баслап елимизде еркин базар қатнасықларына тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыўда, халқымыз турмысын абат ҳәм абадан етиўде, халықаралық майданда өзимизге мүнәсип орын ийелеўде Конституциямыз беккем тийкар болып келмекте.

Ҳәммемизге белгили, Конституция мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳәр бир  мәмлекеттиң келбети ҳәм келешегин белгилейди. Сол өзгешеликтен келип шығып айтыў мүмкин, Өзбекстан Республикасы Конституциясы мәмлекетимизди дуньяға танытқан, халықаралық қатнасықлардың тең ҳуқықлы субъекти сыпатында жедел ҳәрекет етиўге ҳуқықый тийкар жаратқан әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады.

Конституция ҳаққында сөз айтылғанда, оның халықаралық қатнасықларда мәмлекеттиң паспорты сыпатындағы ролин ғана емес, ал ишки реформалар процесиндеги тийкарғы ҳуқықый дәрек екенлигин айрықша атап өтиў мақсетке муўапық болады.

Конституциямыздың ҳәр бир нормасы тийкарынан өз мазмуны менен халқымыздың бурынғы бай мәденияты ҳәм руўхый байлығына тиккелей байланыслы болып есапланады.

Конституциямыздың ҳәр бир статьясында, ең дәслеп,  инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери мәселесине, олардың әмелге асыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылғанлығының гүўасы боламыз.

Бизиң Конституциямыз, ески совет конституциясынан өзгеше түрде, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери, оның мәплери мәмлекет мәплеринен үстин екенин белгилеп қойыў арқалы адамлар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыўды өзиниң әҳмийетли мақсети етип белгиледи, социаллық әдиллик принциплерин нызамшылық жумысымыздың барлық бағдарларының тийкары деп жәриялады.

Конституция-мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ең жоқары юридикалық күшке ийе. Конституция мәмлекеттиң ерк-ықрарын көрсетиўши, мәмлекеттиң дүзилиси ҳәм басқарыў формасы тийкарларын белгилеўши, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўши, ҳәкимият уйымлары хызметин шөлкемлестириў тәртиби ҳәм принциплерин белгилеўши тийкарғы нызам.

Бүгинги күнде Өзбекстан демократиялық өзгерислер, кең имканиятлар ҳәм әмелий ислер мәмлекетине айланып бармақта.

Мәмлекетимизде болып атырған демократиялық жаңаланыўлардың ҳәзирги басқышында халық пенен анық түрде сөйлесиўди жолға қойыў, барлық пуқаралардың пикирин билиў, олардың дәртин тыңлаў ҳәм ҳақыйқый турмысқа сай болған халықшыл стратегияны әмелге асырыўдың нәтийжеси сыпатында Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен әдиллик принципи күн тәртибиндеги ең үстинликке ийе мәселелерден бири сыпатында алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 13-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасында демократия улыўма инсаныйлық принциплерине тийкарланыўы, инсан, оның турмысы, еркинлиги, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да қол қатылмаслыққа ийе ҳуқықлары жоқары қәдирият есапланыўы ҳәм демократиялық ҳуқық ҳәм еркинликлер Конституция ҳәм нызамлар менен қорғалыўына кепиллик берилди.

Бул болса, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўдың ең нәтийжели, тәсиршең ҳәм демократиялық усылларынан бири болған суд арқалы қорғаўды мүмкин болғанынша кеңейтиў, суд системасының демократиялық тийкарларын реформалаў ҳәм және де тереңлестириў, суд ислериниң дурыс ҳәм өз ўақтында көрип шығылыўын тәмийинлеў, пуқаралардың жеке, сиясий, социаллық-экономикалық ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин және де күшейтиўге қаратылған суд-ҳуқық реформаларын әмелге асырыўды талап етти.

Өзбекстан Республикасында суд Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм басқа нызамларда, инсан ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық ҳүжжетлерде жәрияланған пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўға қаратылған.

Судлардың жумыслары нызам үстинлигин, социаллық әдилликти, пуқаралардың тынышлығын ҳәм татыўлығын тәмийинлеўге қаратылған.

Конституцияның 44-статьясына муўапық, ҳәр бир шахсқа өз ҳуқықлары менен еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлар, лаўазымлы шахслар, жәмийетлик бирлеспелердиң нызамсыз ҳәрекетлери үстинен судқа шағым етиў ҳуқықы кепилленеди.

Судлар пуқаралық ислерин көриў ҳәм шешиў арқалы пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғайды.

Өткен жыллар даўамында суд-ҳуқық системасын реформалаў саласында кең көлемли ҳәм нәтийжели жумыслар әмелге асырылды.

Жуўмақлап айтқанда, Конституция бойынша үгит-нәсият жумысларын жүргизиў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз. Себеби, Конституция шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин қорғаўшы нызам.

 

М.Адилова,

Пуқаралық ислери бойынша

Нөкис районлараралық суды судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги