Хожели районы ХББ ға қараслы 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Биз зорлыққа қарсымыз» атамасында илаж өткерилди.

Илажға Қарақалпақтан Республикасы судларының судьялары И.Алланиязов, М.Даўменова, Б.Баймуратовлар, Хожели районы ИИБ хызметкери Х.Асаматдинов, Хожели районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы З.Бекимбетова ҳәм «Тынышлық», «Тас көпир», «Жүзимзар», «Байтерек» МПЖ турғынлары қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар республикамыз көлеминде өткерилип атырған усындай илажлардың әҳмийети бойынша түсиниклер берип, гендер теңлиги, шаңарақта ер ҳәм ҳаял-қызлардың тутқан орны сыяқлы мәселелерге айрықша тоқтап өтти.


Атап өтилгениндей, ҳәр жылы дүнья көлеминде 25-ноябрьден 10-декабрь күнлери аралығында «Зорлыққа қарсы 16 күн» сүрени менен ҳәр қыйлы арнаўлы илажлар шөлкемлестириледи.

Илажда ҳаял-қызлар арасында жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларға руўхый ҳәм ҳуқықый жәрдем көрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилип, усы бағдарда ўәкилликли уйымлар менен тығыз байланысты тәмийинлеў мәселелери додаланды. Шынында да, теңлик, аўызбиршилик, ер ҳәм ҳаялдың бир-бири менен сыйлысықлы жасаўы, шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеп, онда өсип тәрбияланып атырған ул-қызлардың натық болып өспей, кемшиликсиз, бахытлы инсан болып жетилисиўине тийкар жаратады.

Илаж соңында Қарақалпақтан Республикасы судларының судьялары И.Алланиязов, М.Даўменова, Б.Баймуратовлар пуқараларды жеке қабыллап, олардың мүрәжатларын тыңлап, ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги