Президент Шавкат Мирзиёев «жасыл» экономиканы раўажландырыўға қаратылған илажлар менен танысты.

Ҳәммемизге белгили, ҳәзирги заманда энергетика ҳәм экология машқалалары әҳмийетли болып бармақта. Соның ушын мәмлекетимизде көплеген қуяш ҳәм самал электр станциялары қурылмақта.

Бул бағдарды избе-из раўажландырыў мақсетинде, Раўажланыў стратегиясын 2022-жылы әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада санаат тармақларында энергия үнемлеўши бағдарламаны ислеп шығыў белгиленген еди. Презентацияда усы бағдарламада нәзерде тутылып атырған илажлар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Атап өтилгениндей, бул ҳүжжетте санаат тармақларында «жасыл» экономикаға өтиў ҳәм энергияны үнемлеўди тәмийинлеў бойынша концепция белгиленеди. Усы тийкарда 25 стратегиялық әҳмийетке ийе кәрханада жанылғы-энергетика ресурсларын үнемлеўдиң мақсетли көрсеткишлери тастыйықланады.

Бул арқалы 2022-2026-жыллары санаат тармақларында 3,9 миллиард куб метр тәбийғый газди, 4 миллиард киловатт саат электр энергиясын ҳәм 21 мың тонна нефть өнимлерин үнемлеў режелестирилмекте. Соның нәтийжесинде ҳәр бир өнимниң өзине түсер баҳасында энергия үлесин 20 процентке азайтыў мақсет етилген.

2023-жыл 1-июньнен баслап өнимлердиң экологиялық таза энергия ҳәм технологиялар жәрдеминде ислеп шығарылғанын тастыйықлаўшы «жасыл сертификатлар» системасы енгизиледи.

Усы мақсетте ыссыхана газлериниң шығарылыўы басқышпа-басқыш тәртипке салынады. Онда тәбиятқа зыянды қысқартыў жумысларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары көриледи.

Сондай-ақ, «патасландырыўшы төлейди» принципин толық енгизиў, бул бағдардағы элементлер дизимин кеңейтиў ҳәм жыйым ставкасын арттырыў да усыныс етилмекте.

«Жасыл» экономика бойынша илимий изертлеўлерди көбейтиў, инновациялық жойбарларды қолланыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылмақта.

Ҳүжжетте белгиленген илажлардың орынланыўын турақлы баҳалап барыўшы топар да қәлиплестириледи. Оның қурамына 15 халықаралық шөлкем ҳәм финанс институтларының басшылары киргизиледи.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, ҳәр бир тармақ кесиминде энергия үнемлилигин арттырыў, өним ислеп шығарыўда энергия қәрежетин азайтыў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА