Қәнигелердиң изертлеўлерине қарағанда, дүньяда 7 мың 100 ден аслам тил бар болып, соннан 400 ден асламы жоғалып баратырған тиллер сыпатында дизимге алынған. Әҳмийетлиси, еки ҳәптеде 1 тил өли тиллер қатарынан орын алады. Буған себеп, дүнья халықлары арасында қытай, ҳинд, инглис, испан, араб, рус ҳәм португал тиллеринен пайдаланыўшылар көбейип бармақта. Биринши гезекте, өзиниң жазыўына, аз санлы халқына ҳәм мәмлекетшилигине ийе болмаған тиллер сөне баслайды. Өзиниң ана тилин 70 проценттен аз бала үйренген еллердиң тиллери жоқ болыў қәўпи астында жасайды. Усы тиллердиң арасында қарақалпақ тили де барма?
Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил статусы берилген күн мүнәсибети менен өткерилген салтанатлы кешеде усы сораўға жуўап берилди.
Онда орай директорының орынбасарлары, кафедра баслықлары, қала ҳәм районлардағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлери қатнасты. Илаж даўамында қәнигелердиң баянатлары тыңланды.
Атап өтилгениндей, бурынғы Аўқам дәўиринде қарақалпақ халқының 20 томлық фольклоры шығарылған еди. Ал, ғәрезсизликке ерискенимизден кейин елимизде ана тилимизди сақлаўға, оны буннан былай да байытыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылды. 2005-жылы Илимлер Академиясының илимпазлары тәрепинен 100 томлық фольклор жыйнап басланған болса, 2017-жылы толықтырылып баспадан шығарылды. Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы, «Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин енгизиў ҳаққында»ғы Нызамлары қабыл етилди. Дүньяның раўажланған еллеринде ана тилимиздиң халықаралық жойбарлар тийкарында изертленип атырғанлығы, Түркияның Измир университетинде қарақалпақ тилиниң үйренилип атырғанлығы, жаңадан латын графикасы тийкарында қарақалпақ тили имла сөзлигиниң баспадан шығарылғанлығы, быйылғы оқыў жылынан баслап Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институтында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдарының ашылғанлығы, Қуран мәнилериниң ҳәм басқа да бир қатар диний китаплардың қарақалпақ тилиндеги аўдармаларының басып шығарылғанлығы-булардың барлығы ана тилимизге, халқымыздың мәнаўиятына деген жоқары итибар ҳәм ғамқорлықтың көриниси болып табылады.
– Барлық тараўларда жүз бергени сыяқлы қәнигелигин арттырыў аймақлық орайларында да 2022-жылдан баслап жаңалықлар енгизилди, -дейди орайдың Тиллерди оқытыў методикасы кафедрасы баслығы Сейтжан Матекеев. -Орайымыздың атамасы Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы деп өзгертилди. Бурын ҳәр 5 жылда бир мәрте муғаллимлер орайымызға қәнигелигин арттырыў ушын келиўи шәрт еди. Жаңа нызам тийкарында 2022-жылдан баслап мектеп оқытыўшылары миллий орайларда жылына бир мәрте бир ҳәпте даўамында қәнигелигин арттырыўы шәртли түрде белгиленди. Бир ҳәптелик оқыў бағдарлама 36 саат, 7 модульден ибарат болып, соның 6-модули барлық категориялар бойынша қәнигелик пәнлер болып табылады. 2022-жылдың 7-февралынан баслап мектеп оқытыўшылары келип, бир ҳәптелик оқыўда оқып кетпекте. Усы оқыў даўамында ең жоқарғы 18 кредит баллды топлағанлары ғана сертификат алады. Сондай-ақ, «Үзиликсиз кәсиплик тәлим» онлайн платформасы арқалы онлайн оқыўды қәлеўши муғаллимлер жумысын даўам еттирген ҳалда оқып алыўына имканият жаратылды.
Кеше даўамында муғаллимлер тәрепинен ана тилимиздиң сарқылмас байлықлары есапланған қосықлар, нақыл-мақаллар, даналық сөзлер, турақлы сөз дизбеклери айтылып, «Бесик шабыў», «Бет ашар» сыяқлы миллий дәстүрлеримиз сәўлеленген сахналық көринислер қойып берилди. Илаж қатнасыўшылары викториналарда қатнасып, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бойынша өзлериниң билимлерин сынақтан өткерди. Көркем өнерге ықласы бәлент муғаллимлердиң миллий қосықларды кәмине келтирип атқарыўы жыйналғанлардың кеўлине йош бағышлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги