Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен университеттиң профессор-оқытыўшылары, студент-жасларының қатнасыўында илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Е.Қайыпбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығы менен қызғын қутлықлап, конституцияның орны ҳәм әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Конституция мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, мәмлекеттиң бүгини ҳәм келешеги усы ҳүжжетте өз сәўлелениўин тапқан. Бүгинги күнде елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў, әдил пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў жолында ерисип атырған жетискенликлеримиздиң барлығы Конституцияда көрсетилген тийкарғы принциплердиң турмысқа толық енгизилиўи менен байланыслы.
Илаж даўамында оның қатнасыўшылары тәрепинен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде университет аймағына саяманлы терек нәллери отырғызылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги